Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районлық қәнигелестирилген мектепте руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди


Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Тахтакөпир районлық қәнигелестирилген мектебинде «Жаӊа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

Өткерилген илажда «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегманов, сондай-ақ, Дин ислери бойынша комитетиниң Тахтакөпир районы бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими бас қәнигеси Қ.Бахытбаевлар  қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар, 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде Президентимиз тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.

Содай-ақ, илаж даўамында Президентимиз басламасы менен баспадан шығарылған «Жаңа Мойнақ» атлы китабы ҳәм басқада әдебий китаплар топламы мектеп жәмәәтине саўға сыпатында тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content