Соңғы жылларда Президентимиз басшылығында мәмлекетимизде мәлимлеме-технологиялары тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде аймақларда заманагөй телекоммуникация қурылмалары қурылып, ең шетки елатлы пунктлеринде интернет тармағыннан пайдаланыў имканиятлары жаратылмақта. Соның менен бирге, IT-тараўында өзин-өзи бәнт еткен ИТ қәнигелер санын асырыў, жасларымызды жоқары табыслы жумыс орынлары менен тәмийинлениў илажлары көрилмекте.
Жақында ғана, Президентимиз басшылығында тармақ ҳәм аймақларда мәлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәмде мәмлекет басқарыўды рақамластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәмде алдағы баслы ўазыйпалар бойынша видеоселектор жыйналысы болып өтип, тийисли ўазыйпаларды белгилеп берилди.
Усы ўазыйпалардан келип шығып Карақалпақстан Республикасы қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ орынбасарлары, санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менеджерлери Хорезм ўәлаятының «IT РARK»иде тәжирийбе алмасыў мақсетинде бир күнлик семинарда қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети