Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 32-жыллығы» ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен «Мен әскер боламан» атамасында таңлаў шөлкемлестирилди.
Илажға районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, майор Н.Мухитдинов ҳәм Қараөзек районлар ара қорықлаў бөлими топар командири Ш.Раметовлар қатнасып, Ўатанды қорғаў келешегимиз болған жаслардың қолында екенлигин, жасларымызды әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда миллий армиямыздың ролин ҳәм олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларды жат иллетлерден сақлаў әҳмийетли ўазыйпа екенлигин атап өтти.
Буннан соң, таңлаў шәртлери бойынша мектептиң «Ўатан таянышы» отряды ағзалары өз-ара беллесип, өз билим ҳәм көнликпелерин сынақтан өткерди.
Таӊлаў жуўмағында жеӊимпазлар анықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети