Мәмлекетимизде мәҳәлле системасының тутқан орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта. Буны жаңа қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар мысалында айқын көриў мүмкин. Ал, «Мәҳәлле беслиги»ниң искерлиги кеңейтирилип, «Мәҳәлле жетилиги» енгизилиўи алдымызда бир қанша үстин ўазыйпалар турғанлығынан дәрек береди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрдеги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин түптен арттырыў ҳәм халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм де «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-402-санлы Қарарынан келип шығатуғын әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында Тахтакөпир районында кеңейтирилген мәжилис болып өтти.
Оған райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти район ҳәкими Жамбул Адилов ашты ҳәм басқарып барды.
Онда шығып сөйлеўшилер, Ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2023-жыл 22-декабрде болып өткен Республика Руўхый ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтирилген мәжилисинде белгилеп берилген мәҳәлле системасы белсендилериниң жуўапкершилигиндеги тийкарғы ўазыйпалар, Президентимиздиң пәрман ҳәм қарар талапларынан келип шығып, әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында түсиниклер берди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети