Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелерде әскерий руўхый-ағартыўшылық илажлары болып өтпекте


Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгенлигиниң 32 жыллығы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағындағы 6-санлы мектепте «Жаңа турмыс ушын,  жаңа Өзбекстан ушын» сүрени астында «Халық ҳәм армия – бир тән,  бир жан» атамасында әскерий ўатан сүйиўшилик спорт жарысы шөлкемлестирилди.

Әскерий спорт жарысына районлық Қорғаныў ислери бөлими баслығы, майор Н.Муҳитдинов, Қараөзек районлар ара қорықлаў бөлими топар командири Ш.Раметов ҳәм Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими бас қәнигеси Қ.Бахытбаевлар қатнасты.

Илаж даўамында шығып сөйлегенлер мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң дүзилиўи,  соңғы жылларда тараўдағы раўажланыўлар, оның жаўынгерлик таярлығын жетилистириў,  материаллық-техникалық базасын беккемлеў,  халықаралық абыройын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар,  тараўдағы реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ әскерий спорт жарысы жуўмағында жеңимпаз деп табылған жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлық ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content