Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 74-сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына район ҳәкиминиң орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығының орынбасары Қ.Елмуратов алып барады.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Өзбекстан Республикасы Президентини Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2023-жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаў;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2023-жыл даўамында келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;
– 2023-жыл даўамында Тахтакөпир районы прокуратурасы тәрепинен районда жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм нызамшылықтың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслары;
– Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен 2023-жылдың 12 айы даўамында суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде әмелге асырылған жумыслары;
– Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жылдың IV шерегинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм де ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳәм бөлим баслығының мәлимлемеси;
– 2023-жыл даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққындағы Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығының есабаты;
– Тахтакөпир районында юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерине 2024-жыл ушын бирден-бир муғдарда белгиленген базалық салық ставкасына киргизилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерди қолланыў;
– Тахтакөпир районы “А.Адилов” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “А.Адилов” аўыллық шыпакерлик пунктин қайта шөлкемлестириў мәселеси бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс киритиў;
– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;
– Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2023-жылдың 12 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң ҳәм турақлы комиссияларының 2024-жылдың I ярым жыллығына мөлшерленген ис-режелерин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша районлық Кеңес депутатлары тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети