Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Ҳәкимшилик суд тараўындағы жаңалықлар



Соңғы жылларда «Жаңа Ɵзбекстан— жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың əдил судлаўға ерисиў имканиятларын жəнеде кеңейттириўге, инсанның қәдир-қымбаты үстинлигин тəмийинлеўге қаратылған айрықша реформалар əмелге асырылды.

Атап айтқанда, елимизде мəмлекетлик шөлкемлер ҳəм лаўазымлы шахслардың искерлиги үстинен нəтийжели суд бақлаўын орнатыў, сондай-ақ, пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлериниң əдил судлаўға ерисиў дəрежесин асырыў, мəмлекетлик шөлкемлер менен қатнасықларда пуқаралар ҳəм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нəтийжели қорғалыўын тəмийинлеў барысында турақлы реформалар əмелге асырылмақта.

Сол менен бирге бүгинги күнде суд қарарларын қайта кɵриў институтының анализи усы институтты жеделлестириў арқалы əмелдеги тəртипти қайта кɵрип шығыў зəрүрлигин кɵрсетпекте.

Ɵзбекстан Республикасының 2023-жыл 25-декабрь күнги «Суд қарарларының нызамлылығы ҳəм тийкарлылығын тексериў тəртибиниң жеделлестирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ɵзгерис ҳəм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилип, усы нызам менен Ɵзбекстан Республикасының ҳəкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ислерди кɵриўдиң ɵте орайластырылыўын сапластырыў, пуқаралардың узақ аймақлардан судқа келип сəрсан болыўының алдын алыў мақсетинде ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судларда ислер апелляция ямаса кассация ҳəм ревизия тəртибинде кɵрилиўи, ислер ревизия тəртибинде Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Ҳəкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясында ҳəм айрықша жағдайларда Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумында кɵрилиўин ҳəмде жоқары инстанция судлары тəрепинен ислерди жаңадан кɵриў ушын биринши инстанция судына жибериў тəртибин бийкар етиў, сондай-ақ, жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы ислерди ҳəкимшилик судлар тəрепинен кɵриўде прокурор қатнасыўы шəртлигин нəзерде тутыўшы ɵзгерис ҳəм қосымшалар киритилмекте.

Усы нызам пуқаралардың Ɵзбекстан Республикасының Конституциясында нəзерде тутылған суд арқалы қорғаў ҳəм судқа шағым етиў ҳуқуқы кепилликлерин жəне де асырыўға, олардың бузылған ҳуқық ҳəм еркинликлерин, сондай-ақ, нызамлы мəплерин кеңирек қорғаўға, əдил судлаўға ерисиў дəрежесин жəнеде асырыўға, ислердиң сыпатлы ҳəм ɵз ўақытында кɵрилиўине, суд қарарларын қайта кɵриўде орта буўын — ўəлаят судлары ҳəм оларға теңлестирилген судлар имканиятларынан нəтийжели пайдаланыўға, сондай-ақ пуқаралардың судлардағы артықша қəрежетлериниң тежелиўине хызмет қылады.

Успанов Қанат
Қарақалпақстан Республикасы ҳəкимшилик судының судья аға жәрдемшиси

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content