Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районындағы тийисли тараў ўәкиллеринен дүзилген делегация ағзаларының Жиззақ ўәлаятына сапары шөлкемлестирилди


Усы жылдың 25-29-январь күнлери аралығында Тахтакөпир районынан тийисли тараў ўәкиллери, исбилерменлер ҳәм фермер хожалығы баслықларынан дүзилген делегация ағзаларының тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Жиззақ ўәлаятына сапары шөлкемлестирилди.

Дәслепки күни, ўәлаят ҳәкимлигиниң мәжилислер залында, Жиззақ ўәлаяты ҳәкиминиң биринши орынбасары Абдували Мустанов ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адиловтың басшылығында Жиззақ ўәлаяты аймағындағы исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.




Өткерилген ушырасыўда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалар, Қарақалпақстан ушын айрықша қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августь күнги ПП-213-санлы, 2022-жыл 30-декабрь күнги ПП-287-санлы, 2023-жыл 8-август күнги ПП-129-санлы Пәрманлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 28-ноябрь күнги 625-санлы қарары тийкарында исбилерменлик субъектлери ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.



Сондай-ақ, усы имканиятлардан келип шығып, Тахтакөпир районында жаңа жойбарларды амелге асырыўды мақсет еткен исбилерменлер менен өз-ара келисип алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content