Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 75-сессиясы болып өтти


Сессия жумысына район ҳәкиминиң орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығының орынбасары Қ.Елмуратов алып барады.

Сессия күн тәртибине муўапық:

Биринши мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир райондағы Халық қабыллаўханасы баслығы Бахыт Сарсенбаевтың «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2024-жыл январь айы даўамында келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;

Екинши мәселе Тахтакөпир районы Ишки ислер бөлими баслығы орынбасары Аметов Бахадыр Жумабаевичтиң «2024-жылдың январь айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;

Үшинши мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанынан мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-228-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы бойынша Тахтакөпир районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы Алламуратов Бахтияр Джангабаевичтиң мәлимлемеси;

Төртинши мәселе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шәраятын жақсылаў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 52-санлы қарарының Тахтакөпир районы аймағында орынланыўы барысы бойынша Тахтакөпир районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Бекбергенов Рза Онгарбаевичтиң есабаты;

Бесинши мәселе Тахтакөпир районы ҳәкимлиги жер фонды есабында турған жер майданларынан дийқан хожалығын шөлкемлестириў ушын ҳәм экспортбап егинлери ушын ҳәм де аўыл хожалығы кәрханаларына жер майданларын ажыратыў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў ҳаққында Тахтакөпир районы Аўыл хожалығы бөлими баслығының жер мәселелери бойынша орынбасары Есимбетов Марат Махсетбаевичтиң мәлимлемеси, сондай-ақ, қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content