Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 10-сентябрь күнги «Дийхан хожалықларын шөлкемлестирилиўин қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматын асырыў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-373-санлы қарары тийкарында бүгин Тахтакөпир районы аймағындағы «Айдын жол» ҳәм «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқаралардың үй алды қыйтақ жеринде көргизбели оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Оған район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Досбергенов, районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.Сейтмуратов, тараў жуўапкерлери ҳәм мәҳәлле хызметкерлери қатнасты.
Семинарда «Бир аймақ – бир өним» ҳәм кооперация принциплери тийкарында пайдалы және экспортта талап күшли болған егинлерди ақылға уғрас жайластырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, соның менен бирге, экспорт потенциалын арттырыў бойынша сөз етилип, ҳәр бир мәҳәлледе бир өнимнен жетистирип шығарыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Буннан соң, қатнасыўшылар бир қанша усыныс ҳәм пикирлери менен бөлисти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети