Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Жаңа Өзбекстан – жас әўлад кадрлары» жойбары шеңберинде оқыўшы жаслар менен ушырасыў болып өтти


Усы жылдың 14-февраль күни Тахтакөпир районы кәсип-өнер мектебинде 2024-жыл «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси басламасы бойынша Тахтакөпир районы партия шөлкеми тәрепинен «Жаңа Өзбекстан – жас әўлад кадрлары» жойбары шеңберинде «Биз-келешек жас лидерлери Экопартияны таңлаймыз» атамасында оқыўшы жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында  глобал машқалаға айланып атырған экологияға байланыслы машқалалар келешек әўладларымызға үлкен қәўип салмаўы жолында бүгинги жаслардың ўазыйпалары, жасылландырыў сиясатының әҳмийети бойынша түсиниклер берилди.

Сондай -ақ, тәбийий  ресурсларымызды ақыллы пайдаланыў технологияларын енгизиўде еле де жаңа басламалардың зәрүрлиги, тәбиятқа болған көз-қарасларды унамлы тәрепке өзгертиў арқалы ғана экологиялық мәдениятымызды қәлиплестире алыўымыз мүмкинлиги ҳаққында да сөз етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content