Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Қарар ҳәм оның орынланыўы


Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминде ҳәптениң жума күни «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелигин арттырыў күни» етип белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен бүгин бөлимде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрь күнги «Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў, илимий үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды раўажландырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-405-санлы ҳәм де «Халыққа, мәдений хызмет көрсетиў дәрежесин және де асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-406-санлы қарарларында белгилеп берилген ўазыйпалардың мазмун-мәнисин тереңирек үйрениў ҳәм орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў, илимий үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды раўажландырыўға байланыслы бир қанша  ис-илажлар белгилеп алынғанлығы, 2024-жылдан баслап ҳәр жылы март айы «Миллий қәдириятлар айлығы» деп белгиленгенлиги соның менен биргеликте ең алыс аймақларда жасаўшы халқымыздың мәдений дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм талантлы жасларымызды излеп таўып оларды үлкен сахналарға алып шығыў, Республика көлемде өткерилиўи режелестирилген аймақлардың «Мәденият күнлери»н өткериў режеси, театр, концерт шөлкемлериниң гастроль сапарларын өткериў режеси, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлерин музыка саз әсбаплар, сахна либаслар менен тәмийинлеўге қаратылған «Мәнзилли реже», көрик таңлаў ҳәм фестиваллар шөлкемлестириўге қаратылған бир қатар илажлар белгилеп алынғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, қарар қосымшаларында белгилеп берилген илажларды 2024-жыл даўамында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкерлер бириктирилди.

Skip to content