Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Сергеклик –  дәўир талабы!» атамасында үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди


Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы  мектепте район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова, «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегманов, районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери Б.Бекбергенов, Б.Бахиева, районлық Жоме мешити бас имам-хатиби А.Азизов ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнигеси И.Абдижамиловлар қатнасыўында үгит-нәсиятлаў илажы болып өтти.

Оған райондағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы барлық мектеп ҳәм билимлендириў шөлкем басшылары қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар ең үлкен байлығымыз болған тынышлығымызды қәдирлеў, миллий үрип-әдетлеримизге жат болған иллетлердиң алдын алыў, жәмийетке кеңпейилилик, өз-ара ҳүрмет ҳәм меҳир-ақыбет туйғысын күшейттириў, жаслардың сана-сезимин ҳәм пикирин бузатуғын, терроризм,  экстремизм,  миссионерлик ҳәм прозелитизм менен байланыслы болған жағдайлардың алдын алыў керек екенлиги ҳаққында айтып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content