Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Пикир алысыў, талқылаў ҳәм усыныс» жойбары шеңберинде


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасының «Балаларды зорлықлардың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын талқылаў бойынша мектеп психологлары, мектеп директорларының руўхый-ағратыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, жаслар жетекшилери қатнасыўында «Пикир алысыў, талқылаў ҳәм усыныс» жойбары шеңберинде сәўбетлесиў өткерилди.

Сәўбетлесиў барысында Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы, районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев,  Халық депутатлары районлық Кеңесиниң «Билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм социаллық қорғаў мәселелери бойынша турақлы комиссия баслығы А.Аллиярова, районлық Ишки ислер бөлими инспекторы К.Муратбаев,  «Балаларды социаллық қорғаў» секторы баслығы Т.Изимбетов ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң районлық  бас қәнигеси И.Абдижамиловлар тәрепинен Нызам жойбары тийкарында балаларды зорлықлардан қорғаўда мәмлекетлик ҳәкимият, билимлендириў, медицина, ҳуқық қорғаў органлары, жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары,  районлық «Инсан» социаллық  қорғаў орайы тәрепинен алып барылатуғын жумыслар ҳәм олардың ўәкилликлери, сондай-ақ, жәбирлениўши балаларға «Корғаныў»  ордерин бериў тәртиби бойынша түсиник жумыслары алып барды.

Ушырасыў барысында қатнасыўшылар тәрепинен Нызам жойбары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content