Тахтакөпир районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын материаллық қоллап-қуўатлаў, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў барысында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс тур шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Т.Аминов ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловлар тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың машқалалары тыңланды.
Пуқаралар тийкарынан майыплық арбашасы, протез-ортопедия үскенелери менен тәмийинлеў, майыплықты белгилеў, бәнтлик, санатория жолламасын алыў, балалар напақасы ҳәм басқада мәселелер бойынша мүрәжат етти.
Сол күнниң өзинде 11 мүрәжатқа унамлы шешим таўылып, соннан 2 пуқара майыплар арбашасы, 1 пуқара еситиў ҳәм 2 пуқара көзи әззилер ушын арналған үскене менен тәмийинленген болса, 2 пуқараға санатория ушын жоллама ҳәм 5 шаңараққа материаллық жәрдем пулы берилетуғын болды ҳәм майыплықты белгилеў бойынша мүрәжат қылған пуқараларға районлараралық социаллық-медициналық эксперт комиссиясына жолламалар берилди.
Сондай-ақ, пресс-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети