Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының районлық басқышы болып өтти


Бүгин, 26-февраль күни Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги методисти С.Даўекеева,  районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Б.Қурбаназаров ҳәм районымыздағы мектеп оқыўшылары арасынан дүзилген командалар қатнасты.

Таңлаўда қатнасыўшы мектеплердиң сайланды командалары арасында тест сынаўларын өткерип, нәтийжелерин улыўмаластырыған ҳалда жеңимпазлар анықланды.

Таңлаў жуўмағында:
1-орынды 2-санлы мектептиң сайланды командасы 100 млн.сум пул сыйлығы;
2-орынды 13-санлы мектептиң сайланды командасы 75 млн.сум пул сыйлығы;
3-орынды 5-санлы мектептиң сайланды командасы жеңимпаз деп табылып, 50 млн.сум пул сыйлығы менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content