Бүгин Тахтакөпир районы орайында жайласқан Мәденият бөлиминде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёры Ө.Қосымбетов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, «Айқулаш» Қарақалпақ миллий фольклор ансамбли қосықшысы Ж.Бекбергенова, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими сәзендеси А.Нәжимов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ойыншысы Л.Сейтмуратовалар мийманда болды.
Келген мийманлар дәслеп районлық Мәденият бөлиминде шөлкемлестирилген дөгереклер ҳәм жәмәәтлериниң бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары ҳәм усы дәўирге шекем қолға киргизген жетискенликлери менен танысты ҳәм өзлериниң бай тәжирийбелеринен келип шығып, бақсышылық, халық сазлары атқарыўшылығы, қосықшылық, ойын атқарыўшылығы, театр өнери бойынша ҳәўескерлик дөгерек ҳәм жәмәәтлерге «Шеберлик саатлары»н өткерди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети