Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Халықты дизимге алыў басқышлары


Халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм өткериў жумыслары кең қамраўлы илаж болып, избе-из ҳәмде бир ўақыттың өзинде тийисли илажларды әмелге асырыў мүмкин болған үш басқышты өз ишине алады:

Биринши басқышта (3 жылға дейин болған дәўир) төмендеги жумыслар әмелге асырылады:

– халықты дизимге алыў илажин өткериўди шөлкемлестириў, өткериў принцплери,  әмелий тийкарлары ҳәм қаржыландырыў дереклерин анықлаў мәселелерин тәртипке салыўшы нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер таярланады;

– халықты дизимге алыў илажы дәстүрин, оның нәтийжелерин алыў ҳәм жарыялаўды шөлкемлестириў әмелияты ислеп шығарылады;

– халықты сынаў тийкарында дизимге алыў илажына таярлық көриў ҳәм өткериўди шөлкемлестириў, оның нәтийжелерин шөлкемлестириў жумыслары алып барылады;

– ҳәр бир дизимге алыўшылар өз аймағы бойынша карталар менен тәмийинленеди;

– елатлы пунктлердеги үйлердиң дизимин дүзиў ҳәм халықты дизимге алыў илажин өткериўдиң шөлкемлестириўши режеси дүзиледи;

– ҳәр бир имараттың номерлениўи ҳәмде көшелерге атама белгилери қыстырылыўы бойынша жумыслар әмелге асырылады;

– заманагөй карталаў техналогияларынан пайдаланған ҳалда халықты дизимге алыў илажына

– таярлық көриў, оның өткерилиўин қадағалаў, жуўмақлаўшы нәтийжелерди алыў ҳәм усыныўдың автоматластырылған  системасын жаратыў арқалы илаж мониторинг қылып барылады;

– халыққа халықты дизимге алыўдың мақсети ҳәм ўазыйпаларын үгит нәсиятлап барылады;

– дизимге алыў қағазлары ҳәм басқа ҳүжжетлер баспадан шығарылып, орынлардағы қәнийгелерге жеткериледи;

– дизимге алыў участкаларын имарат, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийинлеў жумыслары шөлкемлестириў;

– дизимге алыў илажында қатнасатуғын ўақтыншалық қәнийгелер оқытылып, керекли қураллар менен тәмийинленеди;

– халықты дизимге алыў илажына таярлық көриў менен байланыслы басқа жумыслар алып барылады.

Екинши басқышта (10 күннен 60 күнге шекемги болған дәўир) тиккелей халықты дизимге алыў илажин өткериў жумыслары әмелге асырылады, яғный халық ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналады, қадағалаў тексериўлери өткериледи ҳәм халықты дизимге алыў илажиниң материаллары қайта ислеў ушын мөлшерленген қурылмаларға усынылады.

Үшинши басқышта (2 жылдан 3 жылға шекемги болған дәўир) төмендегилер әмелге асырылады:

– халықты дизимге алыў илажиниң бирлемши мағлыўматларын қайта ислеў бойынша қәлиплескен структуралар тәрепинен қабыл қылып алынады;

– халықты дизимге алыў илажы материалларын автоматластырылған – системада қайта ислеўге таярланады;

– бирлемши мағлыўматларды киритиў, кодластырыў, қадағалаў жумыслары әмелге асырылады;

– халықты дизимге алыў бойынша дәстлепки нәтийжелер алынады;

– халықты дизимге алыў илажы нәтийжелерин жарыялаў ҳәм оларды тарқатыў жумыслары әмелге асырылады.

Ембергенов Қурбан

Тахтакөпир Районлы Статистика бөлими баслығы

Skip to content