Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районы ҳәкими Адилов Жамбул Ағытаевичтиң район жасларына мүрәжаты


Ассалаўма әлейкум Әзиз жаслар!

Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районы бөлими тәрепинен Сизлерге жолланған мүрәжаты арқалы, Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған социаллық-сиясий ҳәм эканомикалық реформаларды әмелге асырыўдағы ролиңиз еледе артып баратырғанлығын және бир мәрте сезиндим.

Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде усы жылды “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрияланыўы, ҳәр бир мәҳәлледе жаслар менен мәнзилли ислеў бойынша алдымызға үлкен ўазыйпаларды қоймақта.

Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын өткен жылдың өзинде районымызда “Жаслар дәптери” арқалы 1035 жасқа 1,9 млрд сўмлық жәрдемлер көрсетилди.

“Жаслар балансы” тийкарында 409  жас “қызыл” тайпадағы жаслар 4 сектор, ҳǝким орынбасарлары ҳәм мекеме, кǝрхана, шөлкем басшыларына бириктирилди. Алып барылған ǝмелий илажлар нәтийжесинде олардың ҳәммеси толық “жасыл” тайпаға өткерилди.

Ҳәр бир мәҳәлледе “пуқарабай” ислеў бойынша тастыйықланған “Жаслар бәнтлик бағдарламалары” әмелге асырылып, нǝтийжеде 376 жумыссыз жаслар ҳәм 116  мектеп питкериўшилериниң бәнтлиги тәмийинленди.

Сондай-ақ, 509  жасқа 6,9  млрд. сўмлық жеңиллетилген кредитлер, 163 жасқа дийқаншылық ислеўи ушын 218 гектар жер майданлары ажратылып берилди.

Мәҳәлле, мектеп, профессионал билим бериў ҳәм жоқары оқыў орынлары системасында өткерилген “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги жарысларында районымыздан 17 жас жоқары нәтийжелерди қолға киритти.

Бирақ, районымызда жаслардың ҳақ-ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, оларды бәркамал ǝўлад қылып тәрбиялаў, өмирде өз орынларын табыўына қаратылған жумысларымызды еледе жетилистириўимиз зәрүр.

Сол себепли, усы жылда жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша зәрүрли ис-илажларды көремиз.

Буның ушын, биринши нәўбетте усы жылы январь-февраль айларында  14-30 жас аралығындағы жасларды үйме-үй жүрип хатлаў өткериў нǝтийжесинде анықланған 499  жасты, “Жаслар дәптери”не киритиў  арқалы олардың социал-экономикалық машқалаларын шешиў ушын тийкарғы итибарымызды қаратыўымыз керек.

“Жаслар балансы” тийкарында 176 мәмлекет жәрдемине мүтәж жасларды 4 сектор басшылары, ҳǝким орынбасарлары ҳәм мекеме, кǝрхана, шөлкем басшыларына бириктирип, жыл жуўмағына шекем оларды толық “жасыл” тайпаға өткериўимиз тийис.

Жыл жуўмағына шекем исбилерменлик пенен шуғылланыўды қǝлеўши ҳǝмде ҳǝр қыйлы тараўларда өзин-өзи бǝнт етиўши 500 жасымызға 5 млрд. 500 млн. сўм муғдарында жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратамыз.

Дийханшылық етиўди қәлеўши 172 жасқа 210 гектар өнимдар егин майданлары ажыратылып, ҳәр бир жастың жылына орташа 40-50 млн. сўм  дәраматқа ийе болыўы режелестирилген.

“Жаслар бәнтлик бағдарламалары” арқалы 17 мәҳәллени жаслар жумыссызлығынан аўлақ аймаққа ҳǝм “Ҳәрекетлер режеси” арқалы 17  мәҳәллени жаслар жынаятшылығынан аўлақ аймаққа айландырамыз.

Сондай-ақ, шет елде ислеўди қәлеўши 170 жасты моно орай, кәсип-өнер орайы ҳәм техникумларда шет тили ҳәм кәсип-өнерге оқытып, шөлкемлестирилген тәртипте раўажланған мәмлекетлердеги қәўипсиз ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларына жибериў режелестирилген.

24 питкериўши жасларымызды мийнет базарында талап жоқары болған заманагөй кәсиплерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеймиз.

Шет тили сертификатына ийе жаслар санын 30 ға, жас китапқумарлар санын 100 ге жеткериўдиң барлық илажларын көремиз.

Буның ушын оқыўшы жасларымызды еки шет тили ҳәм бир кәсипке үйретиў бойынша мектеплерде барлық зәрүр шараятларды жаратамыз.

Ай-Ти тараўына қызығыўшылығы бар болған 34 жасты “Ҳәр бир мәҳәлледен еки бағдарламашы” жойбарына қамтыў арқалы ҳǝр қыйлы тараўлардағы жоқары дәраматлы жумыслар менен тәмийинлеймиз.

Сондай-ақ, районымызда 5 спорт майданшалары ҳǝм 1 жаслар орайы қурылады.

Алдымызға қойған бул үлкен реже ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда сиз әзиз жасларымыз биз бенен бир сапта болып бар күш жигериңизди ҳәм имканиятларыңызды толық иске салыўға, басламаны өз қолыңызға алып, мәҳәллеңиз ҳәм жасларымыздың өмирин жақсылаў, районымызды жәнеде абат ҳǝм абадан етиў жолында бар күш ғайратыңызды аямай ҳәрекет етиўиңизге исенемиз.

Биз район басшылары Сиз әзиз жасларымыздың усыныс ҳәм басламаларын әмелге асырыў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды иске қосыўға таярмыз.

Бирақ, халықымыздың “Шапалақ еки қолдан шығады” – деген дана нақылына таянып, Сиз әзиз жасларымыз ҳәр бир минуттың қәдирине жетип, өз үстиңизде тоқтаўсыз ислеўиңиз, китап оқыўыңыз ҳәм шет тиллерин үйрениўди “қатаң күн тәртибиңиз”ге айландырыўыңыз ҳәмде районымызда әмелге асырылып атырған реформаларға аяқ қосыўыңыз лазым.

Улыўмаластырып айтқанда биз район ҳәкимлиги Сизлерди ҳәмийше қоллап-қуўатлаймыз. Районымызда әмелге асырылып атырған реформаларға Сиз жасларды баслама ҳәм белсендилик көрсетиўге шақырып қаламыз.

Итибарыңыз ушын рахмет!

Skip to content