Ҳүрметли жаслар!
Соңғы жылларда мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, интеллектуал потенциалы, қәбилети ҳәм басламаларын жүзеге шығарыўға қаратылған системалы реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаслар менен ислесиў бойынша түптен жаңа – вертикал система жаратылды. Мәҳәллелерде жаслар жетекшилери институтының енгизилгенлиги болса жаслар мүрәжатларын олар жасайтуғын мәҳәллениң өзинде шешиў имканиятын бермекте.
Буның нәтийжесинде, өткен жылда:
Районымыздағы 17 мәҳелледе жаслар балансы қәлиплестирилип, 8 мың 203 жаслар менен индивидуал ислесиў системасы енгизилди;
“Жаслар қоры” қаржылары есабынан 1035 жасқа 1,9 млрд сўмлық социал ҳәм экономикалық жәрдемлер көрсетилди;
жаслар тәрепинен район ҳәкимлигине қылынған 1 мың 149 мүрәжаттың 1 мың 084 мүрәжаты (94,3%) мәҳәллениң өзинде шешилди;
509 жасқа исбилерменлик жойбарлары ушын 6,3 млрд сўм жеңиллетилген кредит, 163 жасқа дыйқаншылық ушын 218 гектар егиислик майданлары ажыратылып, олардың бәнтлиги тәмийинленди;
интеллектуал ойынлар ғалабалық ҳәрекетке айланып, бул илажларға 1 мың 149 жас қамтып алынды;
“Ибрат фарзандлари” жойбары шеңбериндеги 20 бийпул онлайн шет тили курсларында 420 жас оқып атыр.
Жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған “Бес баслама олимпиадасы” шеңбериндеги жойбар ҳәм таңлаўларда 7 мың 568 жас қамтып алынды.
Районымызда “Қоқан тәжирийбеси” тийкарында 96 жынаят ислеўге бейим жаслар менен мәнзилли ислеўге қаратылған “Ҳәрекетлер режеси” әмелге асырылды. Олардан 22 жас “Мәртлик мектеби” әскерий оқыў жыйынына қамтып алынды.
Әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде барлық тараўларда районымыз жасларының социал белсендилиги артты.
Бүгинги күнде районымызда 30 жасқа шекемги жаслар 18 мың 852 болса, 14-30 жастағылар 8 мың 327 жасты (улыўма жаслардың 44 проценти) қурамақта.
Жасларымыздың қызығыўшылықларын үйрениў ушын жыл басында мәҳеллелерде өткерилген хатлаў нәтийжелери тийкарында олар менен мәнзилли ислеў бойынша 9 жөнелисте арнаўлы дәстүр ислеп шығылды. Бүгинги күнде олардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған системалы ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 176 мәмлекет көмегине мүтәж жаслардың социаллық-экономикалық мәселелерин шешиў арқалы олардың жасаў шараятларын жақсылаўға көмеклесемиз;
Мәҳеллелер кесиминдеги “Жаслар бәнтлик дәстүри” арқалы 1 мың 140 жумыссыз ҳәм питкериўши жаслардың бәнтлигин тәмийинлеймиз.
Сол мақсетте, жасларымыздың еки шет тили ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған бир кәсипти терең үйренип, үлкен өмирге ғәрезсиз қәдем қойыўына тийкарғы итибарымызды қаратамыз.
Өз гезегинде, жасларымызда исбилерменлик көнликпелери ҳәм мийнеткешлик пазыйлетлерин қәлиплестириў ҳәмде олардың басламаларын әмелге асырыўға биринши нәўбеттеги әҳмийетли ўазыйпа ретинде қараймыз.
Әзиз жаслар!
Мәҳеллелерде “Қоқан тәжирийбеси” тийкарында жынаят ислеўге мейиллиги болған 52 жас пенен ислеў бойынша “Ҳәрекетлер режеси”н ислеп шығып, жыл жуўмағына шекем жаслар арасындағы жынаятларды еки есеге кемейтиўди режелестиргенбиз.
Жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған “Бес баслама олимпиадасы”на 5 мың 7 жүз, әскерий ўатансүйиўшилик илажларына 684 ҳәм де тағы басқа жойбар ҳәм таңлаўларға 2 мың 6 жүзден аслам жасларды қамтып аламыз.
Бул мақсетлеримизди әмелге асырыў ушын районымыз ҳәкимлиги тәрепинен 5 спорт майданшалары ҳәм 1 жаслар орайы қурылады. Жасларымыз қәлеўинен келип шығып, олардың күни-түн хызмет көрсетиўи тәмийинленеди.
Соның менен бирге, районымызда жас әўладтың сапалы тәлим алыўы, олардың физикалық ҳәм руўхый саламат, ўатансүйиўши инсанлар болып камал табыўы ушын барлық күш ҳәм имкәниятларымызды иске саламыз.
Ҳүрметли теңлеслерим!
Жаслар менен ислесиў бойынша быйылғы жылда районымызда үлги жаратыў, олардың мәселелерин тиккелей мәҳеллелердиң өзинде шешиў, усыныс ҳәм қәлеўлерин әмелге асырыўға сиз әзиз жасларымызды биргеликте ҳәрекет етиўге шақырып қаламан.
Биз, жаслар бул мақсетлеримизге ерисиўде районымыз ҳәкимлиги ҳәм сектор басшыларының қоллап-қуўатлаўларын сорап қаламыз.
Итибарыңыз ушын рахмет!
Ҳүрмет пенен Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Низаматдинов Айнатдин Алаўатдинович