Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Әжайып майдан» интеллектуал ойынының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти


Алдын хабар бергенимиздей, 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен районымызда мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлар қатнасыўында «Әжайып майдан» интеллектуал ойыны шөлкемлестирилген еди.

Усы жылдың 5-март күни районлық Мәденият орйаында «Әжайып майдан» интеллектуал ойынының жуўмақлаўшы басқышы өткерилип, илажда Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Татарстан халық артисти Тамара Дошумова мийманда болды. Онда сөзге шыққанлар, жыйналғанлады 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы менен қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

«Әжайып майдан» интеллектуал ойынының жуўмақлаўшы басқышында 1-орынды 4-санлы мектепке шекемги шөлкеминиң белсендиси Г.Қайыпова, 2-орынды «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Г.Қабылова, 3-орынды районлық Медицина бирлеспесиниң белсендиси Л.Прекеевалар жеңип алыўға мияссар болды.

Жеңимпазларды район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова қутлықлап ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content