Бүгин Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Айтеков, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бөлими бас қәнигеси И.Абдижамилов ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы Н.Азбергеновлардың қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.
Онда шығып сөйлеўшилер мектеп жәмәәтинде ислеп атырған бәрше ҳаял-қызларымызды мақтаныш пенен тилге алып, 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға қаратылған айрықша итибары ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, илаж даўамында мектеп жәмәәтиниң Республикалық таңлаўларға қатнасып сыйлы орынларды ийелегени ушын район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы ҳәм Президентимиз басламасы менен баспадан шығарылған «Жаңа Мойнақ» атлы китабы саўға сыпатында тапсырылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети