Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Дүнья нурға толсын сениң менен, Наўрыз!


Наўрыз – бул халқымыздың тарийхын ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген, тынышлық, татыўлық ҳәм пәраўанлық әййямы. Миллети, динине қарамастан, сол елде жасап атырған барлық миллетлер, елатлар ушын бирдей сүйикли, ең қәдирли байрамларымыздан бири.

Усы мүнәсибет пенен бүгин Тахтакөпир районы «Дәўқара» стадионында «Дүнья нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» атамасында байрам тамашалары өткерилди.

Онда район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, район халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм де кеңпейилилик әййямы – Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қутлықлады.

Байрам илажы даўамында районымыздың мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлери, район турғынлары тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендириўши көргизбелер ҳәм миллий спорт ойынлары шөлкемлестирилди.

Байрам районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content