Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкимлиги менен биргеликте районда ис жүритиўши исбилерменлердиң жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасыўында медиа тур шөлкемлетирилди.

#Медиа_тур

Медиа тур қатнасыўшылары дәслеп, «Қараой» АПЖ аймағындағы «Good Salt Production» жуўапкершилиги шекленген жәмийти тәрепинен ас дузын ислеп шығарыў процесси менен танысып шықты ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

«Good Salt Production» жуўапкершилиги шекленген жәмийти кәрханасы 2020-жылдың май айынан баслап ас дузын ислеп шығарыў менен шуғылланып, кәрханада 25 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген. Кәрхана тәрепинен жылына 10 мың тонна ас дузы өнимлери қайта исленип жергиликли базарларды тәмийинлеп келмекте. Ас дузы өнимлерин экспорт қылыў бойынша 2022-жылы июль айында Германия мәмлекетиниң «Monolith Mitte GmbH» компаниясы менен 1,0 млн евролық шәртнама дүзилип, бүгинги күнге шекем 131,0 мың долларлық өнимлер Германия мәмлекетине экспорт қылынды.

Алдағы ўақытларда кәрхананың ислеп шығарыў қуўатлылығын асырыў мақсетинде 16,5 млрд. сумлық жеңиллетилген кредит есабынан заманагөй асбап-үскенелер алып келип, экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм жаңа базарларға кирип барыў, соның менен бирге қосымша 10 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content