Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 77-сессиясы болып өтти


Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.


Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.
Сессия күн тәртибине муўапық:


– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2024-жыл 1-мартқа шекем келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;


– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 5-басқышына киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;

– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен жаслар машқалаларының ҳал етилиўине көмеклесиў, жас әўладтың талантын ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў бойынша қосымша шәрт-шәраятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылған жумыслары;


– Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, районлық Экономика ҳәм қаржы бөлими ҳәм де «Иситиш тизими сервиси» ЖШЖ арасында дүзилген битимге тийисли тәртипте қосымша түрде келисиўлер дүзиў;


– 2024-жылдың 3 айы даўамында Тахтакөпир районы салық инспекциясы тәрепинен жергиликли бюджет дараматларының орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары;


– Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан мақсетли пайдаланыў жағдайын үйрениў бойынша дүзилген Исши топардың жуўмақларын көрип шығыў ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларының мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеў;

– Тахтакөпир районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2024-жылдың 2 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;

– Тахтакөпир районындағы фермер хожалықлары, кластерлер ҳәм басқа да суў тутыныўшыларына 2024-жыл вегетатция дәўиринде ажратылған суў лимити ҳәм ҳақыйқый алынатуғын суў мүғдарын тастыйықлаў;


– Шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content