Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпирде Үббинияз Әширбековтың 80 жыллық юбилейи кең түрде белгиленди


Тахтакөпир районы Мәденият орайында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор, «Дослық» ордени ҳәм «Ардақлы нураный» көкирек белгисиниң ийеси, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, мийнет нураныйы Үббинияз Әширбековтың 80 жыллық юбилейи кең түрде белгиленди.


Салтанатлы илажда Тахтакөпир районы ҳәкими Жамбул Адилов белгили жәмийетлик ғайраткерди юбилейи менен қутлықлап, оның мийнет жолына тоқталып өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов ҳәм бир қатар мийнет ветеранлары, кәсиплеслери, шәкиртлери, дөретиўши инсанлар шығып сөйлеп, республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда, мәмлекетлик нышанлардың қабыл етилиўинде ҳәм түрли тараўлардағы әдиўли хызметлерин айрықша атап өтти.
Атап өтилгениндей, Ү.Әширбеков узақ жыллық мийнет жолы даўамында халық хожалығының бир қатар тараўларында, соннан, суў хожалығы бойынша жуўапкершиликли жумысларда, Тахтакөпир районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти.


Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде, өсип киятырған жас әўладты ана-Ўатанға мухаббат руўхында тәрбиялаўға салмақлы үлес қосты. Оның узақ жыллық машақатлы мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, бир қатар мәмлекетлик сыйлықларға ылайық деп табылды.



Өткерилген илажда көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content