Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 78-сессиясы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 78-сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.

Сессия күн тәртибине муўапық:
– Тахтакөпир районы халқын, социаллық тараў объектлерин ҳәм экономика тараўларын 2024-жылда энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2024-жылдың I шереги даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаў;
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2024-жыл I шерек даўамында келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси;


– Тахтакөпир районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының 2024-жылдың  3 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;

– Тахтакөпир районы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи бөлими тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары;


– Тахтакөпир районында жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, аўыл хожалық өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм де жаңа жер майданларын өзлестириўди шөлкемлестириў;
– Мәҳәллелердеги машқалаларды ҳал етиўде Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатларының “Мәҳәлле жетилиги” менен бирге ислесиўин жолға қойыўды шөлкемлестириў ис-илажлары;

– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң Регламентин ҳәм де Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялары ҳаққындағы Режесине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң секретариаты ҳаққында Режени қайта тастыйықлаў;
– Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 2024-жыл 4-апрелдеги VI-77-39-13-189-К/24-санлы «Тахтакөпир районында 2024-жылда камбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелий режелер бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы шешиминиң қосымшасына өзгерис киргизиў мәселелери қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content