Усы жылдың 18-май күни районлық Мәденият орайында Тахтакөпир районы ҳәкимлиги ҳәм Дин ислери бойынша комитетиниң басламасы менен «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
Илажда сөзге шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, соныӊ ишинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлерин раўажландырыў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылғанлығын, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, халықты разы етиў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған реформалар өзиниӊ унамлы тәсирин тийгизип атырғанлығын айырықша атап өтти.
Буннан соң, илажди шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген бир қатар тараў ўәкиллери Дин ислери бойынша комитетиниң баҳалы саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Илаж шеңберинде районлық Мәденият бөлими жәмәәти ҳәм 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен ҳәр түрли миллетлерге тән болған аяқ ойынлары, миллий кийим көрғизбелери атқарылып, йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети