Тахтакөпир районы «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы мектепте Дин ислери бойынша комитетиниң Тахтакөпир районы бойынша бас қәнигеси И.Абдижамилов, мәҳәлле баслығы Ж.Абдинаймов ҳәм аўыл турғынлары қатнасыўында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың барысы, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун әҳмийетлери ҳаққында ашық сәўбет шөлкемлестирилди.
Илажда сөзге шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап, олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, соныӊ ишинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлерин раўажландырыў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылғанлығын, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, халықты разы етиў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған реформалар өзиниӊ унамлы тәсирин тийгизип атырғанлығын айырықша атап өтти.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.