Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезексиз 80-сессиясы болып өтти
Сессия жумысына сектор баслықлары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.
Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе, Тахтакөпир районында 2024-жылдың I шереги даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, узақ мүддетке шет мәмлекетлерге шығып кеткен пуқаралар менен ислесиў ҳәм де «Сайхунобод» тәжрийбеси тийкарында жумыс алып барыў, «мәҳәлле жетилиги» жумысларын туўры шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша район сектор баслықларының есабаты тыңланды.
Екинши мәселе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 9-апрель күнги «Қарақалпақстан Республикасы суў там-тарыслығы шараятында аўыл хожалығы тараўын нәтийжели раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 194/6-санлы, ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 5-апрель күнги 269-13-0-Қ/24-санлы қарарында белгилеген тапсырмалардың орынланыўы бойынша Тахтакөпир районы Аўыл хожалығы бөлими баслығының жер мәселелери бойынша орынбасары Марат Есимбетов баянат берди.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети