Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

«Қазақ тили ҳәм әдебияти кафедрасы» профессор-оқытыўшылары «Мәрипат таратып» жойбары бойынша Тахтакөпир районында болды


Өзбек филологиясы факултети, Қазақ тили ҳәм әдебияти кафедрасы оқытыўшылары Г.Адилова ҳәм А.Серикбаевалар «Мәрипат таратып» жойбары тийкарында Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйыны ҳәм райондағы 3-санлы мектепте илажлар шөлкемлестирип, ушырасыўлар өткерди.



Илажда сөзге шыққанлар мектеп оқыўшыларына, әсиресе мектеп питкериўшилерине, мәмлекетимизде жасларға берилип атырған имканиятлар, оқыўға қабыллаў процесиндеги жаңалықлар ҳаққында кең түсиниклер берди.

Сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлық, диний баўыркеңлик ҳаққында да айтып өтти. Сөз соңында мектеп оқыўшыларына келешекте кәсип таңлаўда имканиятлардан пайдаланып, өзлери таңлаған кәсиплериниң алдынғы қатарлы инсанлардан болыўына әўметлер тиледи.

Соңынан мектептиң 11-класс оқыўшылары арасында «Заковат» интеллектуаллық ойынын өткерип, жеңимпаз командаларға сыйлықлар тапсырылды. Оқыўшылардың билимин жетилистириў, китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде мектеп китапханасына кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен шығарылған китаплар ҳәм әдебий китаплар тапсырылды.

Ушырасыў даўамында кафедра оқытыўшылары район орайындағы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле баслығы Алпысбай Нийетбаев ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасып, сәўбетлер өткерди. Мәҳәллениң руўхый ағартыўшылық мүйешине китаплар саўға етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content