Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-май күнги «Басым ҳǝм зорлықтан жǝбирленген шахсларға социаллық хызметлерди көрсетиўди жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-175-санлы қарарында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар кең түрде додаланды.

Оған район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова, районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы директоры Д.Жанабаев, Өзбекстан ХДП районлық Кеңеси баслығы Қ.Жалиев, районлық Ишки ислер бөлими ЖҚХ ХПБ ХҚМБ аға инспекторы капитан Б.Бахиева ҳәм мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.

Мәжилисте сөзге шыққанлар, қарар менен киритилип атырған өзгерислер, әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларға тоқталып, бунда ең дәслеп мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендиси, социаллық хызметкер ҳәм профилактика инспекторларының биргеликтеги ис-ҳәрекетлери менен ғана мәҳәллелерде ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алды алынатуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content