Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият орайында район ҳәкимлиги ҳәм районлық Камбағаллықты қыскартыў ҳәм бәнтликге көмеклесиў бөлими тәрепинен ўақтынша жумыссыз пуқаралар ушын мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Ярмаркада жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм өз бизнеслерин жолға қойыўды билдирген пуқараларға қолай шарт-шараятлар жаратыў, хожалығында жумыс пенен бәнт болыў ушын субсидиялар ажыратыў, коммерциялық банклер тәрепинен жақыннан әмелий жәрдемлер көрсетиў ўазыйпа етип белгиленеди.
Мийнет ярмаркасының тийкарғы мақсети, ўақытша жумыс пенен бәнт болмаған пуқараларды өз қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлениўине көмеклесиў, субсидиялар ажыратыў, қызығыўшылығы кәсипке таярлаў ҳәм мийнет ҳуқықлары бойынша зәрүр мәсләҳәтлер алыўға көмеклесиў болып есапланады.
Бул өткерген мийнет ярмаркасына район аймағында жайласқан 140 кәрхана басшылары, орта ҳәм жоқары мағлыўматлы қәнигеликлер бойынша жәми 334 бос жумыс орынлары (вакант) менен актив қатнасты.
Мийнет ярмаркасына 82 ўақтынша жумыссыз пуқара қатнасып соннан 17 пуқара өз қәнийгеликлери бойынша Камбағаллықты қыскартыў ҳәм бәнтликге көмеклесиў бөлими тәрепинен жумысқа жолламалар арқалы турақлы ҳәм ўактынша жумыс пенен тәмийинленди.
Соныӊ менен бирге 15 пуқараға кәсипке таярлаў, 13 пуқараға мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери усынысы менен жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде субсидия тийкарында әспаб-ускенелер алып берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети