Тахтакөпир районы аймағында дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң саны 6965 шаңарақ болып, бүгинги күнде 1366 гектар үй алды қыйтақ жер майданларында мийўе ҳәм палыз өнимлерин халқымыз тәрепинен жетистирилип келинбекте.
Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз райондағы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйынында да көпшиликти қурайды.
Хабарыңыз бар, Тахтакөпир районы «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына бириктирилген ҳәким жәрдемшиси Ж.Исмамутовтың усынысы менен аймақтағы кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм жумыссыз пуқараларға өзин-өзи бәнт етиўи, үй алды қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланған ҳалда палыз өнимлерин жетистириў мақсетинде 30 хожалыққа 1,5 сотихқа тең болған ыссыхана грант тийкарында қурып берилген еди.
Мине усы әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги менен танысыў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳəм қыйтақ жер ийелери кеңеси бөлими баслығы З.Файзуллаев, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳəм қыйтақ жер ийелери кеңеси хызметкерлери, район фермер, дийқан хожалықлары ҳəм қыйтақ жер ийелери кеңеси бөлими хызметкерлери, мəҳәлле баслықлары, ҳəким жəрдемшилери, «Қыйтақ жер хызмети» басшылары ҳəм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында медиа тур шөлкемлестирилди.
Медиа тур қатнасыўшылары усы аймақта жасаўшы Сейтмуратов Амангелди, Қалдаўов Ахмет, Усаков Бахадир ҳәм Нийетулла Файзуллаевлардың шаңарағында болып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-март күнги «Пуқаралар үйлеринде санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәмде қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында жаңа резервлерди иске салыўға тийисли ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәм де ҳәким жәрдемшиси тәрепинен грант тийкарында қурып берилген ыссыханада ҳәм үй алды қыйтақ жеринде экспортбап, егинлерди егип, дәрамат келтириўши басқа да жөнелислерден нәтийжели пайдаланып атырғанлығы менен жақыннан танысты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети