Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

КИТАП ОҚЫЎ – ИНСАН ОЙ-ПИКИРИНИҢ АЗЫҒЫ


 «Китап оқыған, өз үстинде ислеген адамда қанат болады. Ол бийпәрўа болмайды. Оның күши билиминде болады»
Ш.М.Мирзиёев

Китап-адамның руўхый дүньясын байытады, билимин раўажландырып, пикирин өткирлестиреди.

Китап маған өмиримде өзгеше күш, қанат бағышлады. Китап сүйер халқымызды, әсиресе жасларымызды китап оқыўға шақырыў арқалы өзим оқыған китаплардан пикирлеримди бөлиским келди.

Қарақалпақстан халық шайыры, драматург, жазыўшы, Кеңесбай Рахмановтың «Биринши муҳаббатым» атлы романында урыс жылларынан кейинги дәўирдеги ўақыяларды сүўретленип, инсан кеўлиниң түп-түбинде орын алған муҳаббат сезимлери жазыўшы тәрепинен шебер сүўретленген. Бунда тийкарынан бас қаҳарман Шамураттың орта мектепте оқып жүрген дәўирлеринен үлкейип, камалға келип, шаңарақ басшысы боламан дегенге шекемги дәўир ишиндеги ўақыяларды сәўлелендиреди. Китаптың ең соңғы бетлерине келгенде бас қаҳарман барлық жақынларынан айрылып, бир өзи қалып көп қыйыншылықларды басынан кеширген мәўритлерин оқып отырып көзимизге ериксиз жас келеди.

Бул китапты оқыў арқалы кеўлимде гөззал эстетикалық сезимлер оянды. Қаҳарманлар менен бирге қуўандым, қыйналдым. Жазыўшының шеберлигин айрықша атап өтиўге ылайық. Әсиресе жазыўшының муҳаббат сезимлерин басқаша усылда ашып бериўи ҳәр қандай китап оқыўшысын таңландырыўы сөзсиз.

Үлкен талант ийеси ең дәслеп халықтың итибарын, кейин халықтың муҳаббатын ҳәм ең соңында халықтың исенимин қазанады. Тийкарынан мына үш басқыштың ҳәр бири бир өмирге тең. Өзбек әдебиятының ең ири ўәкили, уллы әдебиятшы, шығармаларында халықтың дәрти менен жасаған, өткир қәлем ийеси Өзбекстан халық жазыўшысы Ўткир Ҳошимов та шын мәнисинде өмир жолларында өшпес из қалдырған дөретиўшилердиң бири.
Жазыўшы … китап жазатуғын болсаң, оны оқыған оқыўшы ҳәмме нәрсени умытса, шығарма қаҳарманының өмири менен жасаса… деп арзыў еткен.

Адамзатты ҳайўанаттан ажыратып туратуғын шегара бар. Бул шегара-мәнаўият деп аталады. Усы жерде Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы баслығы Атабек Ҳасанов: «Мәнаўият бул-тийкарынан ҳәр биримиздиң жүрегимизде болады. Мәнаўиятлы инсанлар Ўатанын шексиз жақсы көре береди. Халқының машқаласына шешим излей береди. Жалған, қуры сөз, ўәделерге ерип кете бермейди». Усы мәнисте, «Миллеттиң мәнаўиятын өзгертпекши болған инсан, ең дәслеп өзгеристи өзинен, соң шаңарағынан, әтираптағы досларынан баслаўы керек»-деген пикирлеринде терең мәни бар.

Ҳақыйқатында да китап ҳаққында сөз болғанда Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» китабында келтирип өткениндей: « Адамзат ушын еки қуяш бар: бириншиси тәбийий қуяш-күн, екиншиси руўхый қуяш-китап. Күн болмаса өмир жоқ. Китап болмаса, тирилер мәңги наўқасқа уқсап қалар еди».

Сонлықтан да бәрше китап сүйер халқымызға усынысым, ең дәслеп жаңаланыўды өзимизден, яғный, китап оқыў арқалы руўхый дүньямызды байытыўдан баслайық. Ер жигит илим алса, жәмийетте бир илимли жигит көбейеди. Ал қыз бала илим алса ол пүткил жас әўладты илимли етеди.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими бас қәнигеси

Қуўанышбай БАХЫТБАЕВ

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content