Халықты дизимге алыў: оныӊ мазмуны неде?
Ойлап кориӊ, колыӊызда Өзбекстан картасы ҳәм оған қарап аймақларға тийисли болған бирлемши мағлыўматларды айтыў мумкин. Мысалы ушын Қарақалпақстанда қанша халық жасайды, Хорезмде бәнтлик мәселеси қай дәрежеде, Сурхандарьяда қанша билим бериў мәкемелери бар, Ферғанада халық тығызлығы қай дәрежеде ҳәм соған уқсас басқа зәрүр мағлыўматлар. Бирақ бундай жүзеки көрсеткишлер менен бүгинги жедел раўажланыў дәўиринде узақты гөзлеп режелестириў қыйын, әлбетте.
Керисинше, қолымызда ҳәр бир аймаққа тийисли анық фактлар болса, режелеримизде, әмеллеримизде мәнзилли ҳәм пухта болады. Соныӊ ушында бизге пүткил республиканы қамрап алатуғын исенимли мағлыўматлар керек ҳәм мағлыўматлар жаӊаланып барылыўы шәрт. Бундай анық мағлыўматлар болса халықты дизимге алыў тийкарында алынады. Соған қарап өтмиш ҳәм бүгин ҳаққында ой-пикирлеримизди жүргизиўимиз ҳәмде келешекти болжаўымыз мүмкин. Сондай-ақ, халықтыӊ жасы, жынысы, миллий қурамы, мағлыўмат дәрежеси, шаӊарақ жағдайы, бәнтлиги ҳәм басқада мағлыўматларды алыўдыӊ бирден-бир дереги есапланады.
Бизге мәлим, БМШныӊ 2015-жыл 10-июндағы “2020-жылда халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыў бойынша принциплар ҳәм усыныслар” резолюциясы қабыл етилди ҳәм оған тийкарланып, БМШға ағза мәмлекетлер кеминде бир мәрте халық ҳәм үй-жай фондын дизимге алыўды өткериўи белгиленген. Ҳәзирги ўақытта МДҲ мәмлекетлеринде бул процесске таярлық басланған.
Өзбекстанда ғарезсизлик жылларында еле бир мәртебеде бундай есап-китап жумыслары алып барылмаған. Бундай илаж ен соӊғы мәртебе 1989-жылда өткерилген еди. Халықаралық тәжирийбеден мәлим көпғана мәмлекетлерде халықты дизимге алыў илажы кеминде ҳәр он жылда бир мәрте өткериледи. Республикамызда да енди сондай әҳмийетли процесс жолға қойылады. Бунда мәмлекетимиз президентиниӊ 2020-жыл 16-мартдағы “Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы нызам ҳуқуқый тийкар болып хызмет етеди.
Ембергенов Қурбан
Тахтакөпир Районлы Статистика бөлими баслығы