Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Коңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да қыйтақ жер мәденияты жақсы раўажланған.
Тийкарынан шарўашылыққа бейимлескен бул орында, бүгинги күнде азғана үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып атырған жерлесимиз көпшиликти қурайды.
Мине усындай хожалықлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстан республикасы «Жаслар» ТВ телеканалы, «Севимли» ТВ ҳәм жергиликли ғалаба қураллары ўәкиллери менен биргеликте усы аймақта жасаўшы Жусип Жуманазаров, Шахзод Артиқов, Ордабай Пазылбековлардың шаңарағында медиа тур шөлкемлестирилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети