Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 83-сессиясы болып өтти


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 83-сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары, сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.

 Сессия күн тәртибине муўапық:

– Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов ҳәм де районға бириктирилген АКБ “Агро банк” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Б.Сейтназаровтың 2024-жылдың II-ярым жыллығында әмелге асырылатуғын айма-ай ўазыйпалары бойынша мүрәжаты;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2024-жылдың I-ярым жыллығы даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм секторлар тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаўы;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2024-жылдың I-ярым жыллығы даўамында келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги туўралы» мәлимлемеси;

– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 5-басқышына  киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;

– 2024-жылдың 6 айы даўамында Тахтакөпир районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары;

– Тахтакөпир районы салық инспекциясы тәрепинен 2024-жылдың 6 айы даўамында жергиликли бюджет дараматларының орынланыў жағдайлары ҳәм қосымша резервлерди анықлаў бойынша алып барылған жумыслары;

– Аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, аймақларды қәнийгелестириў, резервтеги бос турған жер майданларын аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў ушын ашық электрон таңлаўға шығарыў бойынша усынылған жойбарларды тастыйықлаў;

– Тахтакөпир районы дәраматлар режеси артықша орынланған бөлеги есабынан қаржы ажыратыў ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content