Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм районлық медицина бирлеспеси менен биргеликте «Ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў» илажларын әмелге асырыў бойынша жыйналыс өткерилди.
Онда район ҳәкимниң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери Н.Айымбетов, А.Казаков, Р.Аяпов, маҳаллелердеги белсенди ҳаял-қызлар, аймақлық шыпакерлер, патронаж мийирбийкелер ҳәм акушеркалар қатнасты.
Жыйналыс күн тәртибинде аналықты ҳәм балалықты қорғаў бойынша 2024-жылы туўыўшылық көрсеткишлери, ҳәмледарлық пенен есапқа алынған ҳаялларда анықланған кеселликлер бойынша саўалландырыў илажлары, туўыў жасындағы ҳаяллардың контрацепция менен тәмийнлениў жағдайлары, Балалар саламатлығын беккемлеў, балаларда ушырасып турған кеселликлер, балалар өлимшилигиниң алдын алыў, ҳаял-қызлар арасында анықланган онкологиялык кеселликлер ҳәм олардың саўалландырыў илажлары, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер бойынша тийисли қәнигелердиң есабатлары тыңланды.
Сондай-ақ, мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм патронаж хызметкерлериниң биргеликте ислесиўде жуўапкершиликти күшейттириў бойынша ўазыйпа ҳәм талаплар қойылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети