Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелерде Киберқәўипсизлик бойынша тийисли қәнигелер тәрепинен пуқаралардың кибержынаятлардың қурбанына айналып қалыўының алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў илажы даўам етпекте.
Ушырасыўлар даўамында кибер ҳүжимлерден абайлаў, оған қарсы қай тәризде гүресиў бойынша пуқараларға түсиндириўлер алып барылып, пуқаралардың қызықтырған сораўлары бойынша тийисли жуўаплар берилмекте.