Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Тахтакөпир районында «30-июль – Халықлар дослығы күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти


Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери татыў ҳəм аўызбиршиликте жасап, мийнет етип, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине ҳүрмет пенен қарап, ҳəр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылған.

Буның айқын мысалы сыпатында ҳəзирги ўақытта республикамызда рус, украин, қазақ ҳəм түркмен миллий мəдений орайлары менен бир қатарда корейслер ассоциациясы жумысы жолға қойылған. Көп миллетли халқымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди раўажландырыў жолында нəтийжели мийнет етип келмекте.

Усы тийкарда бүгин 31-июль күни Мәденият бөлиминде «30-июль – Халықлар дослығы күни» мүнәсибети миллетлер аралық дослық, кеңпейиллик фестивалы болып өтти.

Онда Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Шыныбек Бектурғанов шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Байрам илажы Мәденият бөлиминиң көркем-өнер хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Skip to content