Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2024-жылда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарарына тийкар Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелерде кең көлемли жумыслар əмелге асырылмақта.
Атап айтқанда:
«Өзбекстан», «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 71 дана ески электр бағаналарын жаңа темир бетон бағаналарына алмастырыў, 9,4 км аралыққа киши ҳәм үлкен кернеўдеги электр ҳаўа тармақларын тартылыў ҳәм 2 дана трансформатор орнатыў (1 млрд 151 млн.сўм);
«Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бессары» аўылына 7,4 км орайласқан ишимлик суў тармағын тартыў (1 млрд 628 млн.сўм);
«Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Нурлы жол» көшесиндеги 600 метр, «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы «Бессары» аўылындағы 350 метр ески газ тармақларын жаңасына алмастырыў (72,8 млн.сўм) белгиленген.
Усы тийкардағы жумыслар район ҳәкимлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими тәрепинен қадағалаўға алынып, қурылыс жумыслары жедел пәтте даўам етпекте.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети