Saturday, July 12, 2025

Соңғы жаңалықлар

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 86-сессиясы болып өтти.


Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 86-сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Тахтакөпир районы ҳәкими – Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы Ж.Адилов алып барды.

Сессия күн тәртибине муўапық:

– Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлығына сайлаў өткериўши участка сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанларды усыныў;


– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының 2024-жылдың август айына шекем физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатларды ҳәм райондағы мәкеме, кархана басшылары тәрепинен алып барылып атырған жумысларды ҳәм де машқалаларды ҳәр тәреплеме талықлаў;

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасының «Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 2024-жылдың 1-августқа шекем келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги ҳаққында»ғы мәлимлемеси қарап шығылды.


Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content