Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша Баспасөз конференциясы болып өтти


Бүгин райондағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң мәжилислер залында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен усы жылдың 6 айы даўамында руўхый- орынларда әмелге асырылған жумыслары ҳаққында баспасөз конференциясы өткерилди.




Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тахтакөпир районлық бөлими баслығы Н.Азбергенов, Дин ислери бойынша комитетиниң районлық қәнигеси И.Абдижамилов, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.


Баспасөз конференциясы даўамында район аймағындағы руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин асырыў, тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалардың әҳмийетин халықтың кең қатламына, әсиресе, жасларға жеткизиў, пуқаралардыӊ мәмлекетимизде ҳәм де дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерге бийпарўа болмаў сезимлерин күшейтиў мақсетинде әмелге асырылған жумыслары бойынша мағлыўматлар тыңланды.


Өткерилген баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм жергиликли журналистлер тараў басшылары ҳәм жуўапкерлерден өзлерин кызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

 

Skip to content