Ассалаўма әлейкум, қәдирли Ўатанласлар!
Ең дәслеп, Сизлерди Тахтакөпир районы ҳәкимлиги атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еркин ҳәм абадан турмыс жолындағы барлық табысларымыздың тийкары болған ең уллы ҳәм ең әзиз әйям – ғәрезсизлигимиздиң отыз үш жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт ҳәм берекет, елимиздиң және де раўажланыўы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен!
Әзиз дослар!
Быйылғы Ғәрезсизлик байрамы Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық пүткил елимиз бойлап «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» деген терең мазмунлы сүрени астында өткерилиўи кеўиллерди толқынландырып, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўыхландырмақта.
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, бүгинги күнде елимизде инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жасларымыз бенен ҳаял-қызларымызды, нураныйларымыз бенен социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, исбилерменликке кең жол ашыў илажлары пүткиллей жаңа басқышларға көтерилип бармақта.
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен 2022-жыл 31-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновциялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды тез пәтте раўажландырыў арқалы халық пәраўанлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы 213-санлы, 2023-жыл 8-август күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолай шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 129-санлы пәрманлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды ен жайдырыў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 500-санлы қарары қабылланып, бул өз гезегинде бүгинги турмысымызда өз сәўлелениўин таўып атыр.
Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық орынлары сыяқлы районымыз жаңаша шырай ашып, үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта.
Ҳүрметли район турғынлары!
Сизлерди және бир мәртебе Ғәрезсизлигимиздиң отыз үш жыллық байрамы менен қызғын кутлықлайман.
Елимиздиң буннан былай да гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериңиз оңынан келе берсин, деймиз!
Ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен ғәрезсизлигимиз мәңги болып, ўатанымыздың уллы келешегин қурыў ушын үлес қосыў бахты ҳәммемизге несип етсин!
Ҳүрмет пенен,
Адилов Жамбул Ағытаевич
Тахтакөпир районы ҳәкими