Усы жылдың 29-август күни социаллық тармақлардың биринде Тахтакөпир районы «Атакөл» АПЖ аймағында жайласқан «Даўыт тахта», «Бийбисора Шодия тахта» ҳәм Маржанкөл МПЖ аймағындағы «Агро Макс Фоод» фермер хожалықларының район ҳәкимлиги менен дүзилген узақ мүддетли жер ижара шәртнамасының бийкар етиўинен наразы екенлиги бойынша жоллаған видео мүрәжаты жәрияланған еди.
Бул бойынша тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен орынға шығып үйрениў жумыслары алып барылғанда, «Атакөл» АПЖ аймағында жайласқан «Даўыт тахта» фермер хожалығы 2023-жыл ҳасылы ушын пахта режесы 35 гектар болып, әмелде 35 гектар пахта егилген ҳәм «Қарақалпақстан Агрокластер» ЖШЖ менен контрактация шартнама режеси 86,0 тонна, әмелде 44,6 тонна тапсырып, реже 51,8 % орынланған.
2023-жыл ҳасылы ушын ғәлле майданы режеси 30 гектар, әмелде 30 гектар егилген ҳәм «Шымбай дан» карханасы менен шәртнама режеси 63 тонна, әмелде 45,2 бийдай өнимин тапсырып, шартнама тек 71,8% орынланған.
Басқа егинлер, картошка реже 5,0 га, әмелде 2,0 га, палыз реже 5,0 га, әмелде егилмеген майлы егинлер 12,0 га, әмелде егилмеген, от-жем егинлери режеси 8,0 га, әмелде егилмеген, салы 85 га әмелде 67,1 га егилген.
2024-жыл ҳасылы ушын пахтамайданы режеси 30,9 га, әмелде 30,9 га; ғәлле майданы режеси 33,0 гектар, әмелде 33,0 гектар, жазлық ғәлле 5,5 гектар әмелде 4,8 га майданға шөлкемлестирилгени көрсетилген.
«Атакөл» АПЖ аймағында жайласқан «Бийбисора Шодия тахта» фермер хожалығы тәрепинен 2023-жыл ҳасылы ушын пахта режеси 35 гектар болып, әмелде 25 гектар пахта егилген ҳәм “Қарақалпақстан Агрокластер” ЖШЖ менен контрактация шартнамасы дүзилип, әмелде 16,5 тонна тапсырып, реже 30,5 % орынланған.
2023-жыл ҳасылы ушын ғәлле майданы режеси 70 гектар, әмелде 70 гектар егилген ҳәм “Шымбай дан” карханасы менен шәртнама режеси 146 тонна, әмелде 45,9 бийдай өнимин тапсырып, шартнама тек 31,5% орынланған.
Басқа егинлер, мәш режесы 5 га, әмелде егилмеген, салы реже 72,2 гектар әмелде 72,2 гектар егилген, масақлы дән режесы 6,5 гектар, әмелде егилмеген, майлы егинлер 20 гектар, әмелде егилмеген, от-жем егинлери 35 га, әмелде 9,6 га егилген.
2024-жыл ҳасылы ушын пахта майданы режеси 35,5 га, әмелде 31,3 га, ғәлле майданы режеси 60,0 гектар, әмелде 35,8 гектар, жазлық ғәлле 10,4 гектар әмелде егилмеген, картошка 3 гектар, әмелде егилмеген, палыз реже 4 гектар әмелде егилмеген, мәш режеси 4 гектар әмелде егилмеген, бир жыллық от-шөплер 15 га, әмелде егилмеген, жүзим 4 гектар әмелде егилмегенлиги анықланды.
Сондай-ақ «Маржанкөл» АПЖ аймағында жайласқан “АGRO MARS FOOD” фермер хожалығы тәрепинен 2023-жыл ҳасылы ушын пахта ҳәм ғәлле жайластырылмаған.
Басқа егинлер, сабзавот реже 5 гектар, әмелде егилмеген, палыз реже5 гектар әмелде егилмеген, мәш реже 8 гектар, әмелде егилмеген, майлы егинлер 42,0 гектар, әмелде егилмеген, салы реже 50 гектар әмелде 30,6 гектар, от-жемлик егинлер режеси 40,0 гектар, әмелде егилмеген.
2024-жыл ҳасылы ушын ғәлле майданы режеси 30,0 гектар, әмелде 30,0 гектар, жазлық ғәлле 15,0 гектар әмелде егилмеген,сабзавот 2 гектар, әмелде егилмеген, картошка реже 3 гектар әмелде егилмеген, палыз реже 2 гектар әмелде егилмеген, мәш реже 5 гектар әмелде егилмеген, дән ушын мәкке 30 гектар, әмелде егилмеген, силос ушын мәкке реже 10 гектар әмелде егилмеген, жоңышқа режеси 10 гектар, әмелде егилмеген.
Жоқарыда аты көрсетилген фермер хожалықлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 9-апрель күнги “Қарақалпақстан Республикасында суў жетиспеўшилиги шәраятында аўыл хожалық тараўын нәтийжели раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 194/6-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында 2024-жыл ҳасылы ушын Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына салы егинлерин жайластырыў майданы жәми 4 мың гектар етип белгиленгенлигине қарамастан фермер хожалықлар тәрепинен өзбасымшылық пенен салы егилгенлиги анықланды.
Сондай-ақ, жуўапкер тәрепинен район аўыл хожалығы бөлимине усынылған 2024-жыл ушын бар болған егин майданларына аўыл хожалығы егинлериниң жайластырылыўында салы егини жайластырылмаған. Яғыный, фермер хожалығы тәрепинен жер участкасынан шәртнамасында көрсетилген шәртлер тийкарында, белгиленген мәқсетте, нәтийжели ҳәм ақылға сай пайдаланыўды тәмийинлеўи мәжбүриятына әмел етпей, Жер кодекси талабларын бузған.
Соның менен бирге, фермер хожалығы тәрепинен Өзбекстан Республикасының “Жер кодекси”ниң 40-статьясы 1-бәнти “жерден белгиленген мақсетлерге муўапық ақылға муўапық пайдаланыў, топырақ өнимдарлығын арттырыў, ислеп шығарыўдың тәбиятты қорғаўшы технологияларды қолланыў өз хожалық искерлиги нәтийжесинде аймақта экологиялық жағдайдың жаманласыўына жол қоймаў” көрсетилген талаплары бузылғаны анықланған.
Буннан басқа, Өзбекстан Республикасының “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы Нызамның IV-бабы, 17-статьясының 1-бәнтиинде “жер участкасынан нызамшылықта ҳәм ижараға алыў шәртнамасында көрсетилген шәртлер тийкарында, белгиленген мәқсетте, нәтийжели ҳәм ақылға сай пайдаланыўды тәмийнлеўи” мәжбүриятына әмел етилмей келинген ҳәм 5-бәнти “Дүзилген контракттация шәртнамаларында муўапық мәмлекет зәрүрлиги ушын аўыл хожалығы өними нәзерде тутылған муғдарларда жеткерип бериўин тәмийнлеў” деп, көрсетилген талаплары бузылыўына жол қойғанлығы себепли жер ижара шәртнамасын бийкар етиўде суд органларына даўа арза киритилгенлигин мағлыўмат ушын билдиремиз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети