Мəмлекетимизде халықтың жумыс пенен болмаған қатламын жумыс пенен тəмийинлеў ҳəм сол арқалы халықтың турақлы табысын асырыўына мүмкиншилик жаратыў мəселесине айырықша итибар қаратылмақта.
Сол мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 15-октябрь күнги «Сарымсақ пияз ҳəм де тоқсанбасты усылында палыз егинлери өнимлерин жетистириў ҳəм экспорт қылыўды көбейтиў илажлары ҳаққындағы»ғы ПҚ-4863-санлы қарары қабыл етилген.
Қарар тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тəмийинлеў, сондай-ақ, районымызда сарымсақ пияз ҳəм палыз егинлерин жетистириўди жəне де асырыў, үй алды қыйтақ жерлерден еки, үш мәрте өним алыўды жолға қойыў мақсетинде «Айдынжол» МПЖда жасаўшы Ҳамидулла Иззетуллаевтың үй алды қыйтақ жеринде оқыў семинары болып өтти.
Семинарға районлық Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы, мәҳелле баслығы ҳәм де аймактағы қыйтақ жер ийелери қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети