Тахтакөпир районында бағшылық пенен шуғылланыўшы фермер ҳәм дийхан хожалықлары жәмәәтлериниң мийнети арқасында бағларда жетистирилип атырған мийўе өнимлери жергиликли базарларға арзан баҳаларда шығарылмақта.
Бүгинги күнде бағманлар тәрепинен районда жәми 45,4 гектар бағ майданларында мийўе өнимлери жетистирилмекте.
Райондағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Базарбай Бағман» фермер хожалығы тәрепинен 2,5 гектар майдандағы мийўе тереклеринен мол зүрәәт алынып, халқымыз дәстурханына жеткерип берилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети