Thursday, July 10, 2025

Соңғы жаңалықлар

Көшпели қабыллаў


Бүгин Тахтакөпир районы сектор баслықлары райондағы мәҳәллелерде аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде белгиленген режеге тийкар көшпели қабыллаўларын өткерди.




Қабыллаў даўамында пуқаралар жумыссызлық, ишки жол, ишимлик мәселеси,  материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары менен мүрәжат етти.




Пуқаралардың мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Skip to content