Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 87-сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына сиясий партиялар, райондағы мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығының орынбасары Е.Бегманов алып барады.
Сессия күн тәртибине муўапық:
– Тахтакөпир районы аймағынан «Ҳаяллар дәптери»ниң 5-басқышына киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж ҳаялларға материаллық жәрдем ажыратыў;
-Тахтакөпир районы ишки ислер бөлими баслығы орынбасарының «2024-жылдың 8 айы даўамында район аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслары ҳаққында»ғы есабаты;
-Тахтакөпир районы жергиликли бюджетиниң 2024-жыл ӀӀ шеректе яғный ярым жыллықта орынланыўы ҳәм жергиликли бюджетиниң 2024-жылдың ӀӀ шерегине белгиленген дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан ажыратылатуғын қаржылары;
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрель кунги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-5072-санлы қарары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының 2024-жыл 30-январь күнги KQ-666-IV-санлы қарарына тийкарланып Тахтакөпир районы бойынша 2024-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған жәмәәтшилик пикири тийкарында қәлиплескен усынысларды қаржыландырыў;
-Тахтакопир районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары;
-Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 2024-жыл 4-апрельдеги VI-77-47-13-189-К/24-санлы «Тахтакөпир районындағы фермер хожалықлары, кластерлер ҳәм басқа да суў тутыныўшыларына 2024-жыл вегетатция дәўиринде ажратылған суў лимити ҳәм ҳақыйқый алынатуғын суў мүғдарын тастыйықлаў ҳаққында»ғы шешиминиң қосымшасына өзгерис киргизиў ҳaққындағы мәселеси қарап шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди. Соң көрилген мәселелер бойынша Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шешимлер қабыл етилди.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети